eye
Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды жумысларын санластырыў – үлкен әҳмийетли қәдем болды

Ҳүрметли Президентимиздиң 2025-жыл 18-декабрьде "Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм заманагөй санлы технологияларды енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы пәрманының қабыл етилиўи ҳәзирги глобал заманда суд системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын басқышпа-басқыш енгизиў дәўир талабына айланып атырғанын көрсетеди. Соңғы жылларда судлардың жумысына заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў бойынша әмелге асырылған илажлар пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине өз ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ушын судқа мүрәжат етиўди еркинлестириў, әдил судлаўға ерисиў және судлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў имканиятын бермекте.

Президентимиздиң бул пәрманы конституциялық қәдириятларды беккемлеў, Конституциялық суд жумысын жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўдың әмелий механизмлерин күшейтиўге қаратылған әҳмийетли сиясий-ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады. 

Ҳуқықый мәмлекет қурыў жолынан исенимли баратырған Жаңа Өзбекстан ушын Конституцияның турмыстағы орны ҳәм әмелдеги тәсири шешиўши әҳмийетке ийе. Конституция тек ғана мәмлекетлик дүзилис ҳәм ҳәкимият ўәкилликлерин белгилеп бериўши тийкарғы нызам емес, ал инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң ең жоқары кепили болып есапланады. Усы мәнисте, Конституция үстинлигин тәмийинлеў механизми болған конституциялық қадағалаў институтының нәтийжели жумыс алып барыўы ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы белгилеринен бири болып есапланады.

Оның мазмун-мәниси, бәринен бурын, Конституциялық судты пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар ушын ҳақыйқый қорғаў қуралына айландырыў идеясы менен тығыз байланыслы. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы мақсетлер Конституциялық суд жумысын және де халықшыл, ашық ҳәм нәтийжели етиўди нәзерде тутады. Атап айтқанда, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың конституциялық әдил судлаўға ерисиў имканиятларын кеңейтиў, олардың бузылған ҳуқықлары менен еркинликлерин тиклеўге хызмет ететуғын механизмлерди раўажландырыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген. Бул қатнас Конституцияны абстракт нормалар жыйнағы емес, ал ҳәр бир инсан өмиринде әмел ететуғын, оның ҳуқықлары менен еркинликлерин реал қорғайтуғын ҳүжжет сыпатында көрсетеди.

Пәрманға бола, 2026-2027-жылларда Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының жумысын санластырыў, соның ишинде, суд қатнасыўшыларын Конституциялық суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында "Суд хабарламасы" электрон хызмети ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталының мобил қосымшасы арқалы мәмлекетлик бюджет есабынан электрон тәризде хабардар етиў белгиленген. Сондай-ақ, суд мәжилислери видеоконференсбайланыс режиминде, соның ишинде, мобил қосымшадан пайдаланған ҳалда өткерилиўин тәмийинлеў және Конституциялық суд жумысы ҳаққындағы мәлимлемениң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде пуқара ҳәм юридикалық тәреплерге интерактив хызметлер көрсететуғын мәлимлеме системаларын жаратыў көрсетилген. Әдил судлаўды әмелге асырыўда зәрүр болған мағлыўматларды пуқара ҳәм юридикалық тәреплерди әўере етпеген ҳалда ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден электрон тәризде алыў әмелиятын жолға қойыў, әлбетте еки тәрептиң ўақтын ҳәм қарежетин үнемлеўге үлес қосады. Сондай-ақ, суд мәжилислерин аудиожазыў арқалы жазып барыў ҳәм суд мәжилисиниң протоколларын усы система жәрдеминде қәлиплестириў белгиленген болып, бундай тәртип артықша бюрократияның алдын алып, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың Конституциялық судқа мүрәжат етиў процесин әпиўайыластырып, ўақытты үнемлеў ҳәм аралықтан турып ҳуқықларын тиклеў имканиятын береди. Суд мәжилислериниң онлайн трансляциясы ашық-айдынлық принциплерин беккемлейди.

Сондай-ақ, Пәрмандағы және бир әҳмийетли тәрепи - Конституциялық суд мәлимлеме системасын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары менен белгиленген тәртипте интеграциялаў арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм басқа да ҳүжжетлер Конституциялық судтың электрон сораўы бойынша бийпул тийкарда берилетуғыны көрсетип өтилген. Бул процесс зәрүр мағлыўматларды жедел алыў, нызам ҳүжжетлериниң Конституцияға муўапықлығын үйрениў процесин жеделлестириў, қағазпазлық ҳәм бюрократияға шек қойыў имканиятын береди.

Пәрманда айрықша атап өтилген тәреплерден бири - Конституциялық судқа мүрәжат етиў менен байланыслы тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў ҳәм артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў болып табылады. Әмелиятта көп жағдайларда пуқаралар ҳуқықый қыйыншылықлар, ўәкилликлер шегарасы ямаса рәсмий тәртиплер себепли өз мүрәжатын ақырына шекем жеткере алмас еди. Жаңа көзқарас болса мүрәжат еткен шахстың әўерегершилигин азайтыў, оның ҳуқықый машқаласы итибардан шетте қалмаўын тәмийинлеўге қаратылған. Бул арқалы мәмлекет ҳәм пуқара арасындағы ҳуқықый сөйлесиў сапа жағынан жаңа дәрежеге көтериледи.

Сондай-ақ, судлардың басламасы менен Конституциялық судқа мүрәжат киргизилген жағдайда ис жүргизиўди тоқтатып турыў механизминиң енгизилиўи нызамларды қолланыўда бирден-бир қатнасты қәлиплестириўге хызмет етеди. Бул әмелият арқалы түрли судлар тәрепинен бирдей ҳуқықый нормалардың ҳәр қыйлы талқыланыўының алды алынады, суд қарарларының турақлылығы тәмийинленеди. Нәтийжеде Конституция нормалары тийкарында Конституциялық суд пүткил суд системасы ушын ҳуқықый көрсетпе бериўши орайлық институт сыпатында және де беккемленеди.

Сондай-ақ, пәрманда Конституциялық суд жумысын шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый жақтан беккемлеўге қаратылған илажлар да нәзерде тутылған. Қосымша штат бирликлериниң ажыратылыўы, мийнетке ҳақы төлеў ҳәм хошаметлеў шәртлериниң судьялар статусына жақынластырылыўы Конституциялық суд еркинлигиниң институционаллық кепилликлерин күшейтеди. Бул илажлар суд аппаратына жоқары маманлықтағы кадрларды тартыў, қарарлардың сапасы ҳәм тийкарланғанлығын арттырыў ушын беккем тийкар жаратады.

Улыўма алғанда, бул пәрман Конституциялық судты пуқаралар ҳуқықларының ҳақыйқый қорғаўшысы, мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары үстинен тәсиршең конституциялық қадағалаўды әмелге асырыўшы,  ашық-айдын ҳәм заманагөй суд институты сыпатында және де беккемлейди.

Бул ҳүжжет "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде ҳуқықый мәмлекет, әдалатлы жәмийет ҳәм инсан қәдирин улығлаў идеяларын турмысқа енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе болып, мәмлекетте конституциялық мәдениятты қәлиплестириў ҳәм беккемлеў жолында қойылған әҳмийетли қәдем болды.

 

Рахат Исмайлов,

Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының судьясы,

Қарақалпақстан Республикасына хызмет кѳрсеткен юрист

Хатолик ҳақида маъмуриятга хабар бериш